
On 17 February 2023 in Nukus, the Chairman of the Council of Ministers of the Republic of Karakalpakstan, H.E. Mr. Farkhod Ermanov, met with the General Director of the Global Green Growth Institute (GGGI), Dr. Frank Rijsberman and the Country Representative of GGGI Uzbekistan, Dr. Aaron Russell.
Dr. Rijsberman presented GGGI's global vision, mandate and experience and Dr. Russell described the partnerships developed with various Karakalpakstan Republic Ministries. He outlined the current achievements and implementation status of the Aral Sea GRIP project.
H.E. Mr. Farkhod Ermanov warmly welcomed Dr. Rijsberman to Karakalpakstan, reiterated the Karakalpakstan government’s commitment to green development and proposed to expand the existing partnerships with more activities.
The Chairman of the Council of Ministers RK then joined the GGGI team at its event at the Chamber of Commerce to launch the joint activities with GGGI’s key Karakalpakstan Republic government partners: the Ministry for Investment and Foreign Trade (MIFT), the Ministry for Employment and Labour Relations (MoL), the Ministry for Public Education (MoPE), the State Committee for Forestry (SCoF), Chamber of Commerce and the State Committee for Ecology and Environmental Protection (SCEEP). Representatives from other Karakalpakstan ministries and state bodies attended the event to learn about the existing activities and plans, especially where the plans provide opportunities for cooperation with more ministries, such as the Ministry of Agriculture.
At the launch, Aziz Rasulov of the GGGI Tashkent office presented GGGI Uzbekistan’s Country Planning Framework (CPF). This Framework is a 5-year plan for 2023-2027 that incorporates inputs from national government stakeholders and development partners. It identifies areas where GGGI can bring significant environmental, social and economic impacts in Uzbekistan, especially for the country’s nationally determined contributions (NDC) and Sustainable Development Goal (SDG) priorities. Based on consultations with government partners, GGGI has identified five programmatic priorities and solutions tailored for Uzbekistan, namely :
- Green Investments
- Climate Action
- Climate-Resilient Agriculture and Sustainable Forests
- Waste Management
- Green buildings and Green Industries
GGGI staff from the Nukus office presented GGGI’s current project in Uzbekistan: The Green Rehabilitation Investment Project for Karakalpakstan Republic to Address Impacts of the Aral Sea Crisis (Aral Sea GRIP). GRIP started in 2021 and runs until June 2024. It is implemented in Bozataw, Chimbay, Karauzyak and Kegeyli districts and reaches around 26 000 people in the agricultural sector with climate change risk awareness-raising measures, climate-smart agriculture technologies and business development opportunities.
The presentation highlighted cooperation with the RK Ministry of Public Education to train 132 biology and geography teachers, who will conduct Climate Change Adaptation trainings for a total of 12 000 school students this spring. GGGI works with the Ministry of Employment and Labour relations to incorporate new materials about greenhouses in the existing greenhouse trainings for unemployed persons, conducted by the Monocentres in Karakalpakstan. Together with the State Committee for Forestry, GGGI will set up more than 5000 meters of tree windbreaks in all four project districts. These windbreaks will protect the local population and their croplands from incoming wind, dust and salt. The Chamber of Commerce, Ministry of Agriculture and GGGI cooperate on the Business Development Platform (BDP), available through the App Jasilawil and the website www.greenaral.uz. The Ministry of Investment and Foreign Trade hosts GGGI in their building in Nukus and is GGGI Uzbekistan’s key partner for the overarching Aral Sea Strategy Coordination, the mobilization of green investment and the development of a project with the GCF, Green Climate Fund.
Глобал жасыл өсиў институты (GGGI) Өзбекстанда жыл даўамында ислеген жумысларының нәтийжелери ҳаққында Қарақалпақстан Республикасындағы сериклеслерине мағлыўмат берди.
2023 жылдың 17 февралында Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығы Фарход Эрманов Глобал жасыл өсиў институты бас директоры доктор Франк Райсберман ҳәм Глобал жасыл өсиў институтының Өзбекстандағы ўәкили доктор Аарон Расселл менен ушырасты.
Доктор Райсберман GGGIдың дуньялық көзқараслары, ўәкилликлери ҳәм тәжирийбеси менен таныстырды, ал доктор Расселл Қарақалпақстан Республикасының түрли министрликлери менен бирге ислесиў бойынша орнатылған серикликлер ҳаққында айтып берди. Сондай ақ ол, «Арал теңизи апатшылығының тәсирин сапластырыў ушын Қарақалпақстан Республикасын жасыл реабилитациялаў» инвестициялық жойбары ерискен жетискенликлер ҳәм жойбардың орынланыўының барысы ҳаққында айтып өтти. Фарход Эрманов доктор Райсберманды Қарақалпақстанда жыллы жүз бенен күтип алып, Қарақалпақстан ҳүкимети жасыл раўажланыўдың тәрепдары екенлигин билдирди ҳәм қосымша илажлар арқалы буннан алдын орнатылған бирге ислесиўлерди буннан былай да кеңейтиўди усыныс етти.
Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығы GGGIдың Қарақалпақстан Республикасындағы тийкарғы сериклеслери болған Инвестиция ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Бантлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Тоғай хожалығы бойынша мәмлекетлик комитети, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, Саўда-санаат палатасы менен бирге ислесиўди баслаўға арналған илажда қатнасыў ушын GGGI командасына қосылды. Бул илажда Қарақалпақстанның басқа да министрликлери ҳәм мәмлекетлик органлары ўәкиллери де қатнасты , олар өткерилип атырған илажлар менен танысты ҳәм келешектеги режелерди билип алды, әсиресе режелер Аўыл хожалығы министрлиги сыяқлы басқа министрликлер менен бирге ислесиў мүмкиншиликлери ҳаққында болғанда.
Ташкенттеги GGGI офиси қәнигеси Азиз Расулов Өзбекстандағы GGGI ўәкилханасының елдеги режелестириў тийкары (CPF) ҳаққында шығып сөйледи. Бул тийкар 2023-2027 жылларға мөлшерленген бес жыллық реже болып, ол миллий хүкиметлер ҳәм раўажланыў бойынша бирге ислесетуғын мәпдар тәреплердиң пикирлерин есапқа алған. Ол Өзбекстандағы GGGI қоршаған орталыққа, социаллық сфераға ҳәм экономикаға, әсиресе мамлекет дарежесинде белгиленген үлеслер ҳәм турақлы раўажланыў мақсетлериниң баслы ўазыйпаларына сәйкес сезилерли дәрежеде тәсир етиўи мүмкин болған салаларды анықлайды. Мәмлекетлик сериклеслер менен мәсләҳәтлесип, GGGI Өзбекстан ушын бейимлескен бес баслы бағдарламалар ҳәм шешимлерди анықлады, булар:
- Жасыл инвестициялар
- Климат өзгериўи менен гүресиў бойынша ҳәрекетлер
- Климат өзгериўине шыдамлы аўыл хожалығы ҳәм турақлы тоғайлар
- Шығындыларды басқарыў
- Жасыл имаратлар ҳәм жасыл санаат.
GGGI дың Нөкис офиси қәнигелери GGGI дың ҳәзир әмелге асырып атырған «Арал теңизи апатшылығының тәсирин сапластырыў ушын Қарақалпақстан Республикасын жасыл реабилитациялаў» инвестициялық жойбары ҳаққында айтып берди. Бул жойбар 2021 жылы басланды ҳәм 2024 жылдын июнь айына шекем даўам етеди. Ол Қарақалпақстан Республикасының Бозатаў, Шымбай, Кегейли ҳәм Караозек районларында әмелге асырылмақта ҳәм климат өзгериўи қәўпинен хабардарлықты асырыў, климатқа бейимлескен аўыл хожалығы технологиялары ҳәм бизнести раўажландырыў ушын мүмкиншиликлер сыяқлы илажлар жәрдеминде аўыл хожалығы секторындағы 26 000 адамды қамтыйды.
Бул презентацияда сондай ақ, GGGI Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў министрлиги менен бирге 132 биология ҳәм география пәнлери оқытыўшыларын таярлап, алдымыздағы бәҳәрден баслап 12 000 мектеп оқыўшыларына климат өзгериўине бейимлесиў бойынша тренинглер өткерилетуғынлығы атап көрсетилди. GGGI Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлари министрлиги менен бирге Қарақалпақстан Республикасындағы Моноцентрлер тарепинен жумыссызларға өткерилип атырған теплицалар хаққында тренинглерге теплицаларға байланыслы жана материалларды қосыў үстинде жумыс алып бармақта.Тоғай хожалыгы бойынша мамлекетлик комитети менен бирге GGGI төрт районда узынлығы 5000 метрден аслам болған самалдан қорғаўшы тоғай полосаларын жаратады. Бул тоғай полосалары халықты ҳәм олардың аўыл хожалығы жерлерин самалдан, шаң ҳәм дуздан қорғайды. Саўда - санаат палатасы, Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм GGGI, Jasilawil мобил қолланбасы ҳәм www.greenaral.uz сайты арқалы кириўге болатуғын Бизнести раўажландырыў платформасы бойынша бирге ислеседи. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги GGGIдың Өзбекстандағы тийкарғы сериклеси болып, Арал теңизи бойынша стратегияларды, жасыл инвестицияларды мобилизациялаў ҳәм Жасыл климат фонды менен бирге жойбар ислеп шығыў жумысларын координациялайды, соның менен бирге, бул министрлик GGGIдың Нөкистеги офиси ушын жай ажыратты.