Second business development platform event for farmers in Nukus / Фермерлер ушын Бизнести Раўажландырыў Платформасының Нөкисте өткерилетуғын екинши илажы 

Projects News
GGGI_Aral-sea_second BDP

On 17 February 2023 in Neo Restaurant Nukus, the Global Green Growth Institute (GGGI) held its second Business Development Platform Expo for farmers. The event was welcomed and opened by Mr. Xojamurat Kaypnazarov, Chairman of the Chamber of Commerce and Industry in Karakalpakstan and Dr. Frank Rijsberman, GGGI Director General. The Business Development Platform (BDP) has been developed under GGGI’s Aral Sea GRIP project, which is funded by the Korea International Cooperation Agency, KOICA. 

More than 75 farmers and agri-business owners and 6 government and institutional partners came to the event, where GGGI explained how the BDP works, what it is for and how to access it. The BDP is available via the mobile app – Jasilawil, and online on www.greenaral.uz. The farmers met the BDP’s consultants in-person and discussed how their knowledge could benefit the farmers’ business.   

The Business Development Platform has been developed for smallholder and commercial farmers, MSMEs, and institutional enablers in the Aral Sea region. The BDP provides the information needed to conduct business in the agriculture and environmental sectors in the Aral Sea region. It is available as a website, www.greenaral.uz, and as an App, Jasilawil, in Karakalpak (currently the main target language), Russian, Uzbek, and partially in English. The information is divided into the sections E-learning, Agri-Business, Agri-Finance, Agri-Market, and Advisory Services. It supports day-to-day operations with a variety of training materials, info on locally relevant processors & buyers, market prices, sources of financing (bank loans and funds) and advisory services.   

The use of the Jasilawil app and corresponding website is meant to directly impact Karakalpakstan's socio-economic development by empowering farmers and processors with a lot of high-quality information and advice accessible in a single location. As a part of the Aral Sea GRIP, the setup of the platform is funded by KOICA. It would not be online without the technical and content know-how of Consort Group LLC., German Sparkassenstifung, GIZ Eco-Aral and the Ministry for Natural Resources.  

The website and app of the Business Development Platform were launched on October 28th 2022 in Nukus, with a first Expo for farmers. Later this year, GGGI plans to host a third Expo event. 


GGGI_Aral-sea_second BDP

2023 жылдың 17 февралында, жума күни Нөкисте фермерлер ушын Бизнести Раўажландырыў Платформасының (BDP) екинши илажы өткерилди! Бизнести Раўажландырыў Платформасы KOICA тәрепинен қаржыландырылған Глобал жасыл өсиў институтының (GGGI) жасыл реабилитация бойынша инвестиция жойбары (Aral Sea GRIP) шеңберинде ислеп шығылды. 

Бул илажға 75 ден аслам фермерлер ҳәм 6 мәмлекетлик ҳәм институционаллық сериклеслер келди. Илажда GGGI оларға BDP қалай ислейтуғынлығын, онын не ушын кереклигин ҳәм оған қалай кирип пайдаланыўға болатуғынлығын тусиндирди. BDP га Jasilawil мобил электрон қолланба (приложение) ҳәм www.greenaral.uz сайты арқалы кириў мумкин. Фермерлер BDP мәсләҳәтшилери менен жузбе-жуз ушырасып, олар менен бирге билимлер фермерлик бизнесине қалай жәрдем беретуғынлығын талқылады. 

Бизнести Раўажландырыў Платформасы Арал бойы регионындағы киши ҳәм коммерциялық фермерлер, киши ҳәм орта бизнес кәрханалары, сондай ақ, институционаллық ўәкиллер ушын жаратылған. BDP Арал бойы регионында аўыл хожалығы ҳәм экология секторында бизнес жүргизиў ушын зәрүрли мағлыўматларды береди. Оны веб-сайт түринде www.greenaral.uz ҳәм Jasilawil мобил электрон қолланба (приложение) түринде  қарақалпақ тилинде (ҳәзирги мақсетли тилимиз), сондай ақ рус, өзбек ҳәм англичан тилинде де табыўыңыз мүмкин. Мағлыўматлар "Электрон оқыў", "Агробизнес", "Агрофинанс", "Агробазар" ҳәм "Мәсләҳәтлер хызмети" темаларына бөлинген. Платформа түрли оқыў материаллары, жергиликли қайта ислеўшилер ҳәм қарыйдарлар, базар баҳалары, финанс дереклери (банк кредитлери ҳәм фондлар), мәсләҳәт хызметлери сыяқлы материаллар жәрдеминде күнделикли жумысын алып барады.  

Jasilawal мобил электрон қолланбасын (приложениесин) ҳәм веб-сайтты пайдаланыў, фермерлерге ҳәм қайта ислеўшилерге бир жерге жәмленген жоқары сапалы, үлкен көлемдеги мағлыўматлар ҳәм мәсләҳәтлерди жеткерип бериў арқалы Карақалпақстанның социаллық-экономикалық раўажланыўына тиккелей тәсирин тийгизеди. Жасыл реабилитация бойынша инвестиция жойбарының (Aral Sea GRIP) бир бөлеги сыпатында, платформаны жаратыўдың әдеўир бөлеги KOICA тәрепинен қаржыландырылды. Платформа " Consort Group" ЖШЖ, German Sparkassenstifung, GIZ Eco-Aral, Тәбият ресурслары министрлиги, Ташкенттеги халықаралық Вестминстер университетиндеги Сиясый изертелеўлер орайынын техникалық ҳәм контентлик жәрдемисиз Интернетте болмаған болар еди. Платформа " Consort Group" ЖШЖ, German Sparkassenstifung, GIZ Eco-Aral, Тәбият ресурслары министрлиги, Ташкенттеги халықаралық Вестминстер университетиндеги Сиясый изертелеўлер орайынын техникалық ҳәм контентлик жәрдемисиз Интернетте болмаған болар еди.    

Сайт ҳәм Jasilawil мобил электрон қолланбасы (приложение) 2022 жылы 28 октябрьде Нөкис қаласында иске қосылған еди. Кейинирек, усы жылдың өзинде GGGI ушинши Expo илажын өткериўди режелестирген.   

Sectors :
Themes :
Countries :
Regions :